Мен "Ауа" да тууылып
өстим
Бир достым сауалға көмип таслады,
"Ауа"лап жууабын қайтара бердим.
Бир уақыт тым-тырыс болып қалды да,
Деди ол- "Неге сен ауалай бердиң?"
Оқымап па едиң қазақ тилинде,
"Ия"лап сөйлесең жөн болар еди.
Әйтеуир не керек басты ауыртып,
Бир талай нәсият айтты сол жерде.
Бес жыллап қазақша оқысам достым,
Қырқ жыллап "Ауа"ның гөжесин иштим.
Тилим шығыудан "Ана" сөзи менен,
Қурбы-қурдаспенен "Ауа"лап өстим.
Ана хәййиуи менен кирген бойыма,
Бул сөзди соншама жақсы көремен.
"Ауа"лап бақырып алсам егерде,
Өзимди қус киби жеңил сеземен.
Өзим қарақалпақпан, миллетим қазақ,
Деуге жүз пайызға хақым бар мениң.
Түсинген түсинер, түсинбегенге
Мен "Ауа" да тууылып
өстим
Бир достым сауалға көмип таслады,
"Ауа"лап жууабын қайтара бердим.
Бир уақыт тым-тырыс болып қалды да,
Деди ол- "Неге сен ауалай бердиң?"
Оқымап па едиң қазақ тилинде,
"Ия"лап сөйлесең жөн болар еди.
Әйтеуир не керек басты ауыртып,
Бир талай нәсият айтты сол жерде.
Бес жыллап қазақша оқысам достым,
Қырқ жыллап "Ауа"ның гөжесин иштим.
Тилим шығыудан "Ана" сөзи менен,
Қурбы-қурдаспенен "Ауа"лап өстим.
Ана хәййиуи менен кирген бойыма,
Бул сөзди соншама жақсы көремен.
"Ауа"лап бақырып алсам егерде,
Өзимди қус киби жеңил сеземен.
Өзим қарақалпақпан, миллетим қазақ,
Деуге жүз пайызға хақым бар мениң.
Түсинген түсинер, түсинбегенге