Пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Нөкис ҳайўанат бағы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы ҳайўанат бағында сийрек гезлесетуғын ўақыялардың бири жүз берди – ана Африка арысланы тутқынлықта үш арыслан баласын дүньяға келтирди.
Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы қәнигелери және студентлери менен биргеликте арыслан балаларының жағдайын үйренди.
«Нөкис ҳайўанат бағында сақланып атырған ана арысланның балалаўы, әсиресе, үш арыслан баласының дүньяға келиўи сийрек гезлесетуғын ҳәдийсе болып табылады. Ҳәзирги ўақытта арыслан балалары саламат ҳәм күшли болып өспекте», - деп жазды Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баспасөз хызмети.
Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
Присоединяйтесь к ОК, чтобы подписаться на группу и комментировать публикации.
Комментарии 1