30-июнь — Жаслар күни мүнәсибети менен быйыл биринши мәрте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен елимиздиң абыройын арттырыӯға үлес қосып киятырған, жәмийетлик-сиясий белсендилиги, үлгили ислери менен ажыралып туратуғын әң жастан 30 жасқа жекемги жасларға берилетуғын «Үмит ушқыны» көкирек белгиси менен республикамиздан бес жас сыйлықланды. Олар арасында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы оқытыӯшысы, «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты, халықаралық таңлаӯлар жеңимпазы, талантлы жас жыраӯ Саламат Аяпов та бар.
Биз редакциямыз жәмәәти ҳәм көп санлы газета оқыӯшыларымыз атынан Саламатты сыйлығы менен қутлықлаймыз ҳәм дөретиӯшилик табыслар тилеймиз.
Присоединяйтесь к ОК, чтобы посмотреть больше фото, видео и найти новых друзей.
Нет комментариев