(Жақынларына, туўған туўысқанларына, жора жолдасларына терең қайғырыў билдиремен.)
автор Т.Қарлыбаев.
24.09.2020жыл
Аға дийип келер едиң томпаңлап,
Еки қоллап салем берип ортаңлап,
Мине бүгин еситип бул хабарды,
Мен отырман кеўилимнен сөз таңлап.
Бир күн алдын анаңнанда айырды,
Бул сум хабар өзиңди де майырды,
Буншелли де тағдир қатаң болама,
Зор жигиттиң қанатларын қайырды.
Лаққы едиң, комик едиң, зор едиң,
Халқың ушын өзгеше бир нар едиң,
КВНде чемпион қылып Жайхунды,
Сол жарысқа жаның менен зар едиң.
Қаракең деп әжайип кино түсирип,
Күлки бердиң бармаққа ас писирип,
Бүгинликте таслап кетип дуньяны,
Жас келтирдиң өкпелерди исирип.
Қурлысшы боп хызмет еттиң тағыда,
Таң қалдырар бундай талант жағыда,
Қалған жасың перзентлерге буйырсын,
Тек солыйды мухаббатың бағында.
Таңримеде керек болдың сайланып,
Руўхың ушсын бейишинде айланып,
Кеўиллерди бузып кеттиң инишек,
Хош бол енди Илхамжанаў Сайманов.
Присоединяйтесь к ОК, чтобы посмотреть больше фото, видео и найти новых друзей.
Комментарии 16
Жакынларына сабыр бергей