#тәрбия
Дос дегениң сыртыңнан сайып,
Өсек айтса,... бир илме ғайып,
Зинҳар отырмастан муңайып,
Сен өзиңди билмегенге сал.
Дәрт тумарын мойныңа тағып,
Күйип- писпей, жаныңды жағып,
Тек “соқырдың соңына бағып”,
Сен өзиңди билмегенге сал.
Шуғылға кең дүнья тарылар,
Өз майына өзи қарылар,
Гүнәларың қалмай арылар,
Сен өзиңди билмегенге сал.
Ҳәтте ханды сыртынан айтар,
Гәпти балалатпастан тойтар,
“Қайтар дүнья… өзине қайтар”,
Сен өзиңди билмегенге сал.
Мейли қылса, қылсын жаманлық,
Душпанға да, тиле, аманлық,
Үндемеў де - нағыз даналық,
Сен өзиңди билмегенге сал.
Журтқа сырым қойды деп жайып,
Кийликпе ҳеш майқаның тайып,
Жалғыз Пәрўардигар бий айып,
Сен өзиңди билмегенге сал.
Ақшолпан Аманияз 19.05.2024 жыл
Присоединяйтесь к ОК, чтобы посмотреть больше фото, видео и найти новых друзей.
Комментарии 1