ТУЎЫСҚАНЛЫҚ
Тарийхларға
гуўалы соз,
Ҳәр бир дәртке
даўалы соз,
Кийели соз, дуўалы соз,
«Туўысқанлық,
туўысқанлық!»
Ар-намыс,
ҳужданы шерик,
Малы менен
жаны шерик,
Тамырында
қаны шерик.
Ханалас соз «туўысқанлық».
Бир ошаққа
от жақтырған,
Бир жайлаўда
мал бақтырған,
Той, лазымға
ат шаптырған
Ғарға тамыр
туўысқанлық.
Бир тандырға
нан жаптырған,
Мутәж затыңды таптырған,
Биймезгил
есик қақтырған
Туўысқанлық,
туўысқанлық.
Уллы рус баўырманым,
Алған истиң
аўырманын.
Асқар таўым,
мениң жаным
Айбатлы соз туўысқанлық.
Жаңа әўлады
Бердақлардың
Тарас даңқын
ардақлар дым.
Бахтын қарақалпақлардың
Бәлент еткен
туўысқанлық.
Озбекти оз ағам еткен,
Уллы бахыт
инам еткен,
Бир қазанда