Нөкис қаласында VII Европа киносы фестивалы болып өтеди.
Фестиваль шеңберинде Европаның белгили режиссёрларының алты заманагөй фильм қойылады. Фильмлер арасында халықаралық кинофестивалларда жеңимпазлары ҳәм белгили сыйлықларға ийелери де бар.
Кинофильмлер 26- 27-октябрь күнлери Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында қойылады.
Төменде киносеанслар ўақты менен танысыўыңыз мүмкин.
26-Октябрь
14:00-"Кабачканың өмири" (мультфильм, Швецария);
16:00-"Олли Маки өмириндеги ең бахытлы күн"( Финландия);
18:00-"Жаннет 89" (Латвия). 26-Октябрь
11:00-"Қысдағы Луиза" (мультфильм, Франция);
13:00-"Кишкене дийхан" (Франция);
16:00-"Белгиялылар патшасы" (Белгия, Болгария). Еслетип өтемиз барлық
Экомарафон. 21-октябрь күни Нөкис қаласында, 22-октябрь күни Мойнақ районында халықаралық экологиялық марафон өткерилиўи белгиленген. Марафон шеӊберинде қарақалпақ эстрада қосықшылары тәрепинен концерт бағдарламасы өткериледи.
ПРЕМЬЕРА!
Бүгин 12-октябрь күни саат 18-00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында А.Қадирийдиң «Анвар ҳәм Рано» драмасының премьерасы болып өтеди.
Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи алдында 1-октябрь «Оқытыўшы ҳәм устазлар күни» улыўмахалықлық байрамы мүнәсибети менен байрам сейили өткерилмекте.
ПРЕМЬЕРА.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 30-сентябрь күни саат 18.00 де Н.Мухаммеддиновтың «Гулайым» операсы премьерасы болып өтеди.