Жаңа жылға.
автор Т.Қарлыбаев
31.12.2023 жыл
Бар әлемге қутлы қәдем басқайсаң,
Бахыт ушын нурларыңды шашқайсаң,
Шадлық пенен кеўиллерди ашқайсаң,
Қуўанышқа толы бол сен жаңа жыл.
Келешекке жолды айдын жол қылып,
Дийханлардың қырманларын мол қылып,
Дәрья менен каналларды толтырып,
Ағыс пенен суўды әкел жаңа жыл.
Шаңарақ деп гезген узақ жерлерди,
Қуўыстыр сен шетте жүрген ерлерди,
Өз елине қайтар жуўан беллерди,
Сағынышын сарғайтпағыл жаңа жыл.
Малларымыз көк бостанда жайласын,
Ширели қып ғаўышларды шайнасын,
Егиз туўып қарнына май байласын,
Байытқайсаң қаракеңди жаңа жыл.
Пуш қылма сен мийнет пенен зийнетти,
Быйыл сени пүткил дүнья бий етти,
Орынлағыл әрман менен нийетти,
Үмитлерди ақлағ
Жалғызлықты бөлисейик.
Автор Т.Қарлыбаев
27.07.2023 жыл.
Қыялларың түн уйқыңды қашырып,
Сезимлерди бар әлемнен жасырып,
Өтмишиңнен пушайман боп, бас урып,
Жаўыз жалғызлықты бөлиспейсең бе?
Ара қашық, кеўил жақын аңлаймыз,
Неге енди айралықты таңлаймыз?
Еки жақтан, бир жулдызды санаймыз,
Жалғызлықты тең бөлискен болып биз.
Сәўбетлессек бар кеўлиңди ашасаң,
Бир майданда маўқыңды сен басасаң,
Бирақ неге кейининде қашасаң?
Жалғызлықты дым бөлискиң келмей ме?
Игри соқпақ, тикен кирген табанға,
Сол тикениң жәбир берди маған да,
Қолды силтеп қушақлассақ жаман ба?
Жалғызлықты тең бөлисип бирге биз.
Шыдамың зор, бирақ мейли күтемен,
Сабыр менен мамығымды түтемен,
Баўырын тилген Прометейге үкеме
Қарама-қарсылық
Автор Т.Қарлыбаев
06.07.2023 жыл.
Дийўанадай байлар талайша,
Көргенимде ойға салады,
Бирақ адам айтың қалайша?
Сүймей турып поса алады.
Тыныш жүрген батырлар қанша?
Бир күн келип көрсетер күшин,
Саўаты жоқ даналар қанша?
Күлип турып қайраған тисин.
Тик боп жүрген күшлилер қанша?
Иш-ишинен қанлы жылаған,
Көк аспанда ушқанлар қанша?
Ҳәмел кетсе жардан қулаған.
"Мәдениятлы" пәмсизлер қанша?
Сулыў кийим, қылық шошқаша,
"Аппақ" болған дағаллар қанша?
Сөзи басқа, иси басқаша.
Қайтады деп бергенлер қанша?
Бералмаса күшлеп алады,
Иши қара арыўлар қанша?
Сезим емес, дүнья талабы.
Дым садықлы опадар қанша?
Сырлы болып ҳәзлик қурғанлар,
Жала менен жығылған қанша?
Шалқа түсип қайт
Жасап атырман.
Автор Т.Қарлыбаев
12.04.2016 жыл
Ышқы оттан қүйип, жүрек өртенип,
"Енди сүймеймен"-деп қыздан жеркенип,
Қыяллы маңлайға шорлы тер келип,
Сенсиз де, дүньяда жасап атырман.
Жеген аўқат саў денеме тарамай,
Суп-сулыў гүллерге көзим қарамай,
Дәртлериме ҳешбир даўа жарамай,
Тәғдир берген дузын асап атырман.
Тисти қайрап, "бир-бириңди еге"-деп,
"Табаныма кирген қандай шеге?"-деп,
"Бундай исти қалай қылдың?, неге?"-деп,
Жүрегим елжиреп босап атырман.
Жолыңа гүл төсеп, ғәплетте қалып,
Сол өзи керек боп, жазамды алып,
Азаплардың бәрин ишиме салып,
Аўыр ис ислемей шаршап атырман.
Сабырым жалында пискен полаттай,
Жаныма ҳешкимди жақын жолатпай,
Қәлбиме сезимди қайта оратпай,
Әтирапты