Өмир жолда тап болып бир машқала,
Шығалмасаң тығырықтан тасқала,
Ҳасла еркиңди тапсырмай басқаға,
Әбзелинде, өз қәлбиңе қулақ тут.
Өмирдиң базда ашшысын татқанда,
Аппақ таңың боз думанлы атқанда,
Ҳәм азабы жанларыңа батқанда,
Екиленбей, өз қәлбиңе қулақ тут.
Тәғдир қыснағында қысылған гезиң,
Кеткиң келген ўақта, дүньядан безгиң,
Сениң ишиңдеги алтыншы сезим,
Алдамайды, өз қәлбиңе қулақ тут.
Ҳәл дәрманың кетип атсаң муғаллақ,
Ким есиктен, ким тесиктен сығалап,
Қарап турса ҳеш қалмастан тубалап,
Сыр алдырмай, өз қәлбиңе қулақ тут.
Өзгелерге мейли ойласып кеңес,
Қарсы келип саған ҳеш ким қой демес,
Тәни басқа бирақ дәртиңди сезбес,
Сонлықтан да, өз қәлбиңе қулақ тут.
Алдамайды, өз қәлбиңе қулақ тут.
Ақшолпан Аманияз 01.05.2024 жыл
Присоединяйтесь к ОК, чтобы посмотреть больше фото, видео и найти новых друзей.
Комментарии 1