Предыдущая публикация
Жулдызларға толып бүгин аспаны,
Шақырғандай мени әрман асқары,
Көринди көзиме, турғанда толқып,
Өзгеше пайызлы майдың ақшамы.
Жийделер хош ийис аңқытып гүллеп,
Ғайры нағышларға қәлбимди түрлеп,
Турған яңлы мени сейиллеп жүр деп,
Жаныма жағымлы майдың ақшамы.
Жаўзаның самалы сүйип жүзимди,
Гөззаллықтан үзе алмай көзимди,
Дым бахтияр сезип кеттим өзимди,
Соныңдай шырайлы майдың ақшамы.
Көкте қалқып он төртине толған ай,
Түскенде сәўлеси толқынланып сай,
Бийтақат кеўилим тапқанындай жай,
Заўық бағышлайды майдың ақшамы.
Қәне шайрам, ал деп қолға қәлемиң,
Аралатып он сегиз мың әлемин,
Жыр тоқылып ҳәр басқанда қәдемим,
Илҳамым қозгайды майдың ақшамы.
Ақшолпан Аманияз 14.05.2024 жыл
Присоединяйтесь к ОК, чтобы посмотреть больше фото, видео и найти новых друзей.
Комментарии 8