Предыдущая публикация
Ағын көрмей, көрип мудам қарасын,
Жүргениңше таба алмай шарасын,
Сәл өзгертип дүньяға көз қарасың,
Излеп жасаң өмирден тек гөззаллық.
Кеўил сарайыңды илип тас қылып,
Адамларға көрсеткенше пәс қылық,
Ҳасла жерде қалмайтуғын бийбаҳа,
Излеп жасаң өмирден тек жақсылық.
Көкирегиң нама таныўы ушын,
Пүткил тәниң ләззет алыўы ушын,
Көзиңде мөрленип қалыўы ушын,
Излеп жасаң өмирден тек сулыўлық.
Бәрҳа аласатлы мынаў дүньяда,
Исмиңди жаздырып алтын сыяда,
Ҳәммеден болайын десең зыяда,
Излеп жасаң өмирден тек парасат.
Изленген қалмайды ҳәргиз қуры қол,
Айбарақты салмай қуры оңлы- сол,
Жүректен - жүрекге таўып төте жол,
Излеп жасаң өмирден пәк муҳаббат.
Ақшолпан Аманияз 16.05.2024 жыл
Присоединяйтесь к ОК, чтобы посмотреть больше фото, видео и найти новых друзей.
Комментарии 22