Бес күнлик дүньяда нетемен налып,
Жанып турған отқа өзимди салып,
Силкинип, қәддимди бир тиклеп алып,
Қуяштай жадырап күлип жасайман.
Тәғдирдиң тасына төтепки берип,
Жолымнан зыңғытып таслайман терип,
Қуўаныш- шадлыққа, көксимди керип,
Енди қасақана күлип жасайман.
Сынақлар турса да жүрегим тилип,
Көклеп қыпсаладым жыртығын тигип,
Ҳәр алған демимди ғәниймет билип,
Өмирге тик бағып күлип жасайман.
Ғәнимлерден мудам ат басын бурып,
“Тас пенен урғанды, ас пенен урып”,
Мәрдана сырымды алдырмай турып,
Асырып ҳийлемди күлип жасайман.
Дус келген қысметке дәркар төзиўим,
Бахыттың нәпесин ушын сезиўим,-
-Еки қулағыма,... жетип езиўим,
Мәстана ҳәр күни күлип жасайман.
Ақшолпан Аманияз 17.05.2024 жыл
Присоединяйтесь к ОК, чтобы посмотреть больше фото, видео и найти новых друзей.
Комментарии 3