#Салт_дәстүр
Басқы десе қарақалпақ,
Сөз қырманын суўырады,
Магар болсаң гәпке шорқақ,
Қуўырмаштай қуўырады.
Әзелден- ақ бизиң халық,
Болған бәри ҳәзир жуўап,
Бири- биреўинен алық,
Гештеклер де пайын туўрап.
Ҳәзил-дәлкек, басқылардан,
“Аўзы писип” күйип жүрген,
Адамлар сөз ғәзийнесин,
Санасына түйип жүрген.
Дайы- жийен, қатар- қурбы,
Басқыласып бирин- бири,
Қыздырыпты әбден қурды,
Дигирманнан шығып тири.
Басқыны да бизиң халық,
Шыдағанға шығарған дер,
Оттан алып, суўға салып,
Алар сеннен бир қамаў тер.
Басқыларға бералмай даш,
Ашыўлансаң- утыласаң,
Сыр бермесең болған үйдей ,
Бәледен сен қутыласаң.
Ойнайман деп басқыласып,
Қала көрмең ашшыласып,
Сөз атасын танымайды,
Бермең! Қолдан абырайды.
Ақшолпан Аманияз 18.05.2024 жыл
Присоединяйтесь к ОК, чтобы посмотреть больше фото, видео и найти новых друзей.
Комментарии 1