ТЫҢЛА, САҒАН БИР ШЫНЛЫҚТЫ АЙТАЙЫН.
(Темаға хәзил)
Тыңла, саған бир шынлықты айтайын
Отырып ал, жақсылап бир арқайын.
Кеше түнде қарар қылдым, ойланып
Дедим келешекге барып қайтайын.
Хабарым бар телепортациядан
Көбик пенен көтерилдим қыядан.
Бардым, алдымызда турған әсирге
Из қалмапты шаңарақ деген уядан.
Ерли-зайып, неке деген жоқ болған
Тыр-жалаңаш жүрип кеули тоқ болған.
Қалай болса солай тууылып атыр
Адамлархәм дым оғыры шоқ болған.
Узын кийим қалыпты тек ертекте
Тек иш кийим үрдис хаял-еркекге.
Қалай болса солай аунасып жатыр
Пляж деген нәлет жауғыр шертекте.
-Бул не? десем, дейди: -заман талабы
Кийимге кеткен пуллар пайда қалады.
Сен өтмиштен келип турсаң шамасы
Шубатылған шалбары