ҚАРАҚАЛПАҚЛАР Тоқсан тараў тор Қыпшақ, Толы журттан зор Қыпшақ. Қаңлыдан ул туўылса улама болар, Улама болмасада уламалық қонар. Кеңтанаўлар кеңесшил келер, Қоңырат қоңсың болса, қор болмассаң. Қарақалпақтан ул туўылса, Қара ағашқа күн туўылар. Мүйтеннен төре туўылар, Түрли бәлени көре туўылар. Қыят, Жай сөзи жақсы сөзден зият. Байрақлының баласы патыр-патыр, Ырғақлының баласы мыңға татыр. Қазақ, қарақалпақ түби бир, Түп атасы Майқы бий. Естерекке ерген нөкис, Ески журтты көрген нөкис. Кенегестиң бийи де - улама, Бийкеси де - улама. Саңмурын, Сарайға барған заңмурын. Бестамғалы - бес аўыл, Бир- бирине ес аўыл. Шүйиттиң улы шабандоз болар, Жөйиттиң улы қ