Omirbek laqqi xaliqtin aldina shigip,XALAYIQ MEN HAZIR NE AYTAJAQPAN BILESIZBE? dese,adamlar YAQ depti. Bilmeseniz aytip ne qilaman dep ketip qalipti. Ertesi kuni kelip men ne aytajaqpan bilesizbe dese,adamlar AWA depti. Biletin bolsaniz aytip ne qilaman dep jane ketip qalipti. Ushinshi kuni adamlar oylasipti,hazir Omirbek keledi bilesizbe dep sorasa yarimimiz awa,yarimimiz yaq deymiz dep kelisip alipti. Omirbek kelip XALAYIQ HAZIR MEN NE AYTAMAN BILESIZBE? Adamlardin yarima AWA depti,qalgan yarimi YAQ depti. Sonda Omirbek aytatineken,ONDA BILMEYTINLERINIZ BILETINLERDEN SORAP ALIN))depdi.
Бир күни Өмекең Хийўаның базарында турса, хийуалылар Өмирбекти танып оның сөзден жеңилмеген лаққы екенин сөз етипти. Буны еситкен бир қўақы сарт гәп жарыстырғысы келип Өмекеңниң қасына келип көлеңке тәрепине шығып турып алыпты. Өмекең ири денели адам болған қасында турған сартты көп ўақытқа шекем байқапты. Көрип қалған ўақытта одан:
- Ҳә сарт, не ислеп турыпсаң – деп сорапты Өмирбек.
- Ҳов, бир ғалпақтың шертегиниң тейинде саяда дурман да – деп жуўап берипти сарт.
Өмекең бул сөзден кейин қарап турмай жуўан жудырығы менен сарттың басына бир урыпты. Жерге жалп ете қалған сарт:
- Ҳов, ғалпақ бул нә иди? Вай – вай башым ай – десе.
- Әй сол қалпақтың шертегиниң бақаны тайып кетип сениң басыңа тий