КҮЙИНБЕ Таўсылмайтын машқала деп күйинбе, Магар болса аманшылық үйиңде, Жаратқанға шүкиршилик айтдағы, Артып алың ала қоржын ийинге. Тиршиликте дейсең нелер болмайды, Бендемиз ғой кеўлимиз ҳеш толмайды, Сабыр менен көнсең бары- жоғыңа, Аллаҳ таалам өзи сени қоллайды. Аманат жан аман болса көксиңде, Машқалам көп дийип зинҳәр өксинбе, Бул дүнньяда яки сеннен басқада , Ойлайсаңба тәшўиш жоқ деп ҳеш кимде? Өмир сондай адам деген сабылар, Гә тикленсе, гә сүринип қабынар, Топырақтан болсаң магар тысқары, Машқалаңның шешими де табылар. Таўсылмайтын ғалма- ғал деп күйинбе, Төрт көз түўел отырсаңыз үйиңде, Кеше көрген адам:- бүгин жоқ заман, Жерди басып жүргениңе сүйинде!