СЕН ӨЗИҢДИ БИЛМЕГЕНГЕ САЛ #тәрбия Дос дегениң сыртыңнан сайып, Өсек айтса,... бир илме ғайып, Зинҳар отырмастан муңайып, Сен өзиңди билмегенге сал. Дәрт тумарын мойныңа тағып, Күйип- писпей, жаныңды жағып, Тек “соқырдың соңына бағып”, Сен өзиңди билмегенге сал. Шуғылға кең дүнья тарылар, Өз майына өзи қарылар, Гүнәларың қалмай арылар, Сен өзиңди билмегенге сал. Ҳәтте ханды сыртынан айтар, Гәпти балалатпастан тойтар, “Қайтар дүнья… өзине қайтар”, Сен өзиңди билмегенге сал. Мейли қылса, қылсын жаманлық, Душпанға да, тиле, аманлық, Үндемеў де - нағыз даналық, Сен өзиңди билмегенге сал. Журтқа сырым қойды деп жайып, Кийликпе ҳеш майқаның тайып, Жалғыз Пәрўардигар бий айып, Сен өзиңди билм
БАСҚЫ #Салт_дәстүр Басқы десе қарақалпақ, Сөз қырманын суўырады, Магар болсаң гәпке шорқақ, Қуўырмаштай қуўырады. Әзелден- ақ бизиң халық, Болған бәри ҳәзир жуўап, Бири- биреўинен алық, Гештеклер де пайын туўрап. Ҳәзил-дәлкек, басқылардан, “Аўзы писип” күйип жүрген, Адамлар сөз ғәзийнесин, Санасына түйип жүрген. Дайы- жийен, қатар- қурбы, Басқыласып бирин- бири, Қыздырыпты әбден қурды, Дигирманнан шығып тири. Басқыны да бизиң халық, Шыдағанға шығарған дер, Оттан алып, суўға салып, Алар сеннен бир қамаў тер. Басқыларға бералмай даш, Ашыўлансаң- утыласаң, Сыр бермесең болған үйдей , Бәледен сен қутыласаң. Ойнайман деп басқыласып, Қала көрмең ашшыласып, Сөз атасын танымайды, Бермең! Қо
АЛДАМАЙДЫ, ӨЗ ҚӘЛБИҢЕ ҚУЛАҚ ТУТ Өмир жолда тап болып бир машқала, Шығалмасаң тығырықтан тасқала, Ҳасла еркиңди тапсырмай басқаға, Әбзелинде, өз қәлбиңе қулақ тут. Өмирдиң базда ашшысын татқанда, Аппақ таңың боз думанлы атқанда, Ҳәм азабы жанларыңа батқанда, Екиленбей, өз қәлбиңе қулақ тут. Тәғдир қыснағында қысылған гезиң, Кеткиң келген ўақта, дүньядан безгиң, Сениң ишиңдеги алтыншы сезим, Алдамайды, өз қәлбиңе қулақ тут. Ҳәл дәрманың кетип атсаң муғаллақ, Ким есиктен, ким тесиктен сығалап, Қарап турса ҳеш қалмастан тубалап, Сыр алдырмай, өз қәлбиңе қулақ тут. Өзгелерге мейли ойласып кеңес, Қарсы келип саған ҳеш ким қой демес, Тәни басқа бирақ дәртиңди сезбес, Сонлықтан да, өз қәлбиңе